Barcha yangiliklar











ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
16 Iyul 2025
16:55
Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесидеги ЎзЛиДеП депутатлық топары мәжилиси болып өтти
Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы ҳәкимлигиниң Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен, районда Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийеттеги ролин және де беккемлеў бойынша 2025-жылдың январь-июнь айлары даўамында алып барылған жумыслары ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ тийисли турақлы комиссиясы мәжилисине усыныў бойынша шешим қабыл етилди.