Barcha yangiliklar
Турақлы_комиссияларының_биргеликтеги_қоспа_мәжилиси
Gallery image 49457
Gallery image 49458
Gallery image 49459
Gallery image 49460
Gallery image 49461
Gallery image 49462
Gallery image 49463
Gallery image 49464
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
10 Iyul 2025
19:00

Турақлы_комиссияларының_биргеликтеги_қоспа_мәжилиси

 Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлык Кеңесинде “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери” ҳәм де “Социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша” турақлы комиссияларының қоспа мәжилиси болып өтти. 

 Мәжилиске Халық депутатлар Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығы М.Зарикеев, ҳәм турақлы комиссия баслықлары Е.Мадреймов, Х.Абдижалиев, тийисли тараў ўәкилериниң басшылары ҳәм де хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте төмендегише төрт мәселе атап айтқанда, Шымбай районы Ишки ислер бөлими, Мәҳаллелер аўқамы Шымбай районы бөлими тәрепинен 2025-жылдын биринши ярым жыллығында әмелге асырған жумыслары, сондай-ақ, районолық Медицина бирлеспеси баслығының аймақларда ден саўлықты сақлаў бойынша тийисли мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, кеселликлер профилактикасының жағдайы, саламат турмыс тәризин ҳәм туўра аўқатланыўды қәлиплестириў, соның менен бирге ден саўлықты сақлаўдың тийкарғы көрсетишлери ҳәм де «Өзбекстан-2030» стратегиясының социаллық хызметлерди көрсетиў ҳәм камбағаллықты қысқартыў бойынша белгиленген мақсетлердиң орынланыўын аймақларда әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы мәселелер қаралды. 

 Турақлы комиссия ҳәм олардың ағзалары тәрепинен атап өтилген мәселер бир дауыстан мақулланып гезектеги сессия күн тәртибине қойылыўына келисим берилди.