Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ.
Gallery image 49200
ERǴABULOV SALAMAT UNǴAROVICH
09 Iyul 2025
09:36

ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ.

 Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны имәратында Халық депутатлары районлық Кеңесине 1-санлы «Қараой» округинен сайланған депутат В.Даўлетиярова ҳәм 2-санлы «Өзбекстан» сайлаў округи депутаты А.Пиржановалар тәрепинен 2025-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары бойынша сайлаўшыларына есабатын берди. 

Ушырасыў даўамында, жаңадан қабыл етилген пәрман, қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият жумыслары алып барылды.  

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, депутатлық қадағалаўға алынды.