Barcha yangiliklar
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтың басламасы менен районда ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўда әмелий жәрдем бериў мақсетинде бир қанша илажлар алып барылмақта.
Gallery image 46978
Gallery image 46979
Gallery image 46980
Gallery image 46981
Gallery image 46982
Gallery image 46983
Gallery image 46984
Gallery image 46985
Gallery image 46986
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
24 Iyun 2025
09:34

Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтың басламасы менен районда ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўда әмелий жәрдем бериў мақсетинде бир қанша илажлар алып барылмақта.

Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовтың басламасы менен районда ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўда әмелий жәрдем бериў мақсетинде бир қанша илажлар алып барылмақта.

Нөкис районы "Дийқан арна" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында түрли себеплерге бола турақлы жумыс орнына ийе болмаған 10 ҳаял-қызға пал ҳәррешилик жумысын жолға қойыў ушын арнаўлы үскенелер салтанатлы түрде тапсырылды.

Илаж даўамында жергиликли жуўапкерлер ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында пал ҳәррешилик бағдарындағы имканиятлар, базардағы талап ҳәм усыныс, дәрамат дәреклери және өнимлерди қайта ислеў ҳәм сатыў жоллары ҳаққында кең мағлыўматлар берилди. 

Сондай-ақ, ҳаял-қызларға әмелий мәсләҳәтлер, техникалық көнликпелер ҳәм жумысты баслаў ушын зәрүр болған ҳуқықый ҳәм финанслық жәрдем түрлери ҳаққында түсиниклер өткерилди.