Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ жетинши шақырықтағы тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Gallery image 46930
Gallery image 46931
Gallery image 46932
Gallery image 46933
Gallery image 46934
Gallery image 46935
Gallery image 46936
Gallery image 46937
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
23 Iyun 2025
18:26

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ жетинши шақырықтағы тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ жетинши шақырықтағы тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, сиясий партия ўәкиллери, ҳәким орынбасарлары, районлық мәкеме, шөлкем ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде дәслеп район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Аяпбергеновтыӊ жергиликли бюджет дәраматларыныӊ 2025-жыл биринши шереги даўамында арттырып орынланған бөлегиниӊ бөлистирилиўи, район аймағынан «Мениӊ бағым» жойбарын әмелге асырыў ҳәм районда жайласқан экономикалық ҳәм социаллық инфраструктураларға ийе «Жаӊа Өзбекстан» массивинен турақ жай алыўшы пуқараларға туўрыдан- туўры субсидия ажыратыў бойынша усыныслары додаланылды. Сондай-ақ, район прокурорыныӊ Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 3-январь күнги ПҚ-1 санлы қарарыныӊ район аймағында орынланыў барысы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша мәлимлемеси тыӊланды. Сессияда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-март күнги «Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын еледе жетилистириў ҳаққында»ғы 145-санлы қарарына тийкар районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р.Сагидуллаеваның есабаты додаланылды. Сондай-ақ, сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды. Тоғызыншы сессия өз жумысын жуўмақлады.