Barcha yangiliklar
Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 46785
Gallery image 46786
Gallery image 46787
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
20 Iyun 2025
16:59

Депутат_мәҳәлледе

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында ушырасыў өткерилди.

 Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлык Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы О.Толыбеков ҳәм де «Темир жол гүзары» МПЖ хызметкерлери қатнасып, мәҳәлле жетилиги тәрепинен 2025-жылдың дәслепки 5 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм де алдағы ўақытларда алып барылыўы тийис жумыслар ҳаққында айтип өтилди.

Ушырасыў соңында Шымбай районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылыўы белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәм де депутат тәрепинен нәтийжели қадағалаўды жолға қойыў, сондай-ақ, аймақта әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм оларды қадағалап барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.