Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе
Gallery image 46782
Gallery image 46783
Gallery image 46784
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
18 Iyun 2025
16:57

Депутат мәҳәлледе

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде «Қостерек» АПЖ аймағында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлык Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Д.Ажимуратов ҳәм де «Қостерек» АПЖ хызметкерлери қатнасып, мәҳәлле жетилиги тәрепинен 2025-жылдың дәслепки 5 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм де алдағы ўақытларда алып барылыўы тийис жумыслар ҳаққында айтип өтилди.

Ушырасыў соңында Шымбай районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылыўы белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәм де депутат тәрепинен нәтийжели қадағалаўды жолға қойыў, сондай-ақ, аймақта әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм оларды қадағалап барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.