Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ
Gallery image 45250
Gallery image 45251
Gallery image 45252
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
10 Iyun 2025
16:09

ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ

Депутат мәҳәлледе

"Ақмаңғыт" мәкан пуқаралар жыйынында "Депутат мәҳәлледе" жойбары шеңберинде иләж өткерилди.

♻️Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Ғ.Сабуров "Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынында  мәҳәлле жетилиги менен дөгерек сәўбетин өткерди. Өткерилген илажда жаңадан сайланған аўыл ақсақалы ҳәм жетилик ағзалары менен биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша пикир алысты.

✅Илаж даўамында президентимиз басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға үрги берилди ҳәм бүгин усы реформалардың мәҳәлледе, көшемизде, бақша ҳәм мектеплерде сезилерли дәрежедеги өзгерислердиң болып атырғанлығы айтып өтилди.

✅Соның менен бирге депутат мәҳәлле турғынларының машқала ҳәм мүрәжатлерин тыңлады. Материаллық жәрдем сорап мүрәжат еткен еки пуқараға "Қызыл ярым ай" жәмийети районлық бөлими есабынан депутат жәрдеминде бир мәртелик материаллық жәрдем берилетуғын болды.