Barcha yangiliklar
«ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ»
Gallery image 43703
Gallery image 43704
Gallery image 43705
Gallery image 43706
Gallery image 43707
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
28 May 2025
11:18

«ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ»

 Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Есемуратов ҳәм де Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң «Баркамал әўлад» басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм жаслар қатнасты.

Илаж даўамында жыйналғанларға мәмлекетимизде жүз берип атырған өзгерислер, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлар, быйылғы "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында айтып өтилди.

Ушырасыў даўамында жыйналған жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.