Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти.
Gallery image 43024
Gallery image 43025
Gallery image 43026
Gallery image 43027
Gallery image 43028
Gallery image 43029
Gallery image 43030
Gallery image 43031
Gallery image 43032
Gallery image 43033
Gallery image 43034
Gallery image 43035
Gallery image 43036
Gallery image 43037
Gallery image 43038
Gallery image 43039
Gallery image 43040
Gallery image 43041
Gallery image 43042
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
23 May 2025
12:10

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, сиясий партиялар, тийисли мәкеме, шөлкем ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Дәслеп сессия күн тәртибиндеги Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Ⱪараөзек районындағы Халық қабыллаӯханасы баслығы А.Утеповтыӊ ҳәм районлық Әдиллик бөлими баслығы А.Искендеровлардыӊ мәлимлемелери тыӊланды. Сондай-ақ районлық Ишки ислер бөлими баслығы Б.Шаханов, ИИБ баслығы орынбасары, жәмийетлик қәўипсизлик хызмет баслығы М.Алиев ҳәм Қараөзек районы “Инсан” социал хызметлер орайы директоры Г.Қудайбергеновлардыӊ есабатлары додаланылып, депутатлар усынысы менен шешимлер қабыл етилди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеӊесиниӊ 2025-жыл 26-февраль күнги «Халық депутатлары ўәлаятлық, район ҳәм қалалық Кеӊеслери жанында Жаслар мәсләҳәт топарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы KҚ-102-V-санлы қарарына тийкар, районлық Кеӊес тәрепинен жаслар мәсләҳәт топары ушын усынылған белсенди ҳәм инталы, унамлы нәтийжелерге ерискен қәбилетли ҳәм басламашы жаслар таӊлап алынылып «Жаслар мәсләҳәт топары»на он жастан ибарат топар тастыйықланды. Буннан соӊ сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленди ҳәм сегизинши сессия өз жумысын жуўмақлады.