Barcha yangiliklar
Ҳаял-қызлар - инновациялық раўажланыў тәрепдары!
Gallery image 40665
Gallery image 40666
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
16 May 2025
09:21

Ҳаял-қызлар - инновациялық раўажланыў тәрепдары!

💠Ҳаял-қызлар - инновациялық раўажланыў тәрепдары!

Нөкис районы политехникумында "Ҳаял-қызлар - инновациялық раўажланыў тәрепдары!" жойбары шеңберинде оқыўшы жаслар менен ушрасыў болып өтти.

Оған, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутаты М.Оразымбетова ҳәмде усы оқыў орнында жумыс ислеп, илимий жумыс пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар қатнасты.

Бул жойбарды өткериўдеги тийкарғы мақсет ҳаял-қызлардың жаңа билимлерин өзлестириў ҳәм олардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, илимий жумысларға және де кеңнен тартыў, илимий жумыс пенен шуғылланып атырған, инновациялар жаратқан ҳаял-қызлардың жумыс тәжирийбесин жасларға таныстырыў болып табылады.