Barcha yangiliklar
Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ
Gallery image 39764
Gallery image 39765
Gallery image 39766
Gallery image 39767
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
05 May 2025
11:45

Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

Ушырасыўда депутат А.Утепбергенованың 2025-жылдың I-шереги даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.  

 Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлар, быйылғы "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында айтып өтилди. 

Илаж соңында А.Утепбергенова халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.