Жаңа оқыў жылы жақынласып келиўи менен мектеплердиң материаллық-техникалық базасын бекемлеў ҳәм оқыўшылар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады
Усы мақсетте Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев ҳәм Миллий тикланиш ДП депутатлық топары ағзасы Е.Мадреймовлар «Көнши» МПЖ аймағында жайласқан улыўма билим бериў мектеплериниң жаңа оқыў жылына таярлық жағдайларын үйренди.
✅ Депутатлар мектеплердеги имаратлардың жағдайы, оқыў класларының заманагөй инвентарьлар ҳәм сабақлықлар менен тәмийинлениўи ҳәм санитария-гигиена талапларының орынлалыўы жағдайларын көзден өткерди. Сондай-ақ, депутат мектеп жәмәәти менен ушырасып, пидагог-муғаллимлердиң усыныс ҳәм пикирлерин тыңлады.
✍️ Ушырасыў соңында оқыў процессин нәтийжели шөлкемлестириў, билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм мектептеги бар машқалаларды шешиў бойынша пикир алмасылды.