Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat va fuqarolar uchrashuvi: ochiqlik va hamkorlik ruhida
янв.21
Joriy yilning 19 yanvar kuni Xalq deputatlari Navoiy shahar Kengashi “O‘zbekiston – 2030” strategiyasini takomillashtirishning mazmun-mohiyati va uning amaliy ahamiyati yuzasidan muhokama yig‘ilishi o‘tkazildi
янв.21
NAZORAT
янв.21
Xalq deputatlari Navoiy shahar Kengashi deputati J. Hafizov saylovchilar bilan uchrashuv o‘tkazdi
янв.21
2025-yil SARHISOBI
янв.21
Navoiy shahar Bunyodkor mahallasi hamda Navoiy Teri-tanosillar kasalxonasida “Korrupsiyaga qarshi kurashish – halollik va mas’uliyat asosida!” mavzusida targ‘ibot tadbirlari olib borildi.
янв.21
Navoiy shahar Farovon mahallasi hamda Navoiy shahar 22-sonli maktab ta’lim muassasasida “Korrupsiyaga qarshi kurashish – halollik va mas’uliyat asosida!” mavzusida targ‘ibot tadbirlari olib borildi.
янв.21
Bahor mahallasida hamda Navoiy shahar 31-sonli maktabgacha ta’lim muassasasida 18-dekabr kuni o‘tkazilgan tadbirlar yuzasidan.
янв.21
PF–71-sonli farmon ijrosi doirasida sayyor qabul o‘tkazildi
янв.21
Kimyogar mahallasida aholi salomatligi uchun amaliy qadamlar
КҮШЛИ КЕҢЕС, ЕСАП БЕРИЎШИ ҲӘМ ИНТАКЕР ҲӘКИМ ПРИНЦИПИ ТИЙКАРЫНДА НЫЗАМҒА ӨЗГЕРИС КИРИТИЛЕДИ.

 Усы жылдың 18-19 декабрь күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өткерилди.
 

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери,
жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң
ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. 

Видеоконференция байланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды. 

Жалпы мәжилистиң
екинши жумыс күни сенаторлар “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының
жумысы жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым
нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды көрип
шығыўдан баслады. 

Нызамды қабыл етиў
зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, бул зәрүрлик жаңа
редакциядағы Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилиўи, оның
қағыйдалары бирдей қолланылыўы ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормаларын
оған муўапықластырыўдан келип шықпақта. 

Бул нызамда
жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәкимлер лаўазымлары бир-биринен ажыратылғанлығы
себепли 9 кодекс ҳәм 69 нызам қайта көрип шығылып, жергиликли мәмлекетлик
ҳәкимият уйымларына жүкленген ўәкилликлерди жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыў
уйымлары арасында қәнигелестириў нәзерде тутылмақта. 

Жергиликли
мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары күшли кеңес, есап бериўши ҳәм
интакер ҳәким принципи тийкарында ўәкиллик ҳәм атқарыў уйымлары арасында анық
бөлистирилип атырғаны, жергиликли Кеңес ҳәм ҳәкимликлердиң жумысына тән
болмаған және республикалық атқарыў уйымларының ўәкилликлерине байланыслы
тәкирарланыўшы 8 ўазыйпа бийкар етилип атырғаны додалаўлар даўамында сенаторлар
тәрепинен атап өтилди. 

Сенаторлардың атап
өткениндей, нызамның қабыл етилиўи Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларының
кейинги басқышын әмелге асырыўға, Конституцияда белгиленген ҳәкимлер ҳәм халық
депутатлары Кеңеслери ўәкилликлериниң бөлистирилиўине тийкарланған мәмлекетлик
ҳәкимиятты шөлкемлестириўдиң жаңа моделиниң толық әмелге асыўына және
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый
тийкарларын беккемлеўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди. 

Додалаў жуўмағында
сенаторлар нызамды мақуллады. 

  

Б.Искендеров 

Халық депутатлары
Кегейли районлық кеңеси 

Секретариат баслығы