Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлик фаолияти
янв.21
ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ ТАДБИРЛАРИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
Navbahor tumanidagi “Qorovultepa” mahallasida ijtimoiy soha obyektlarida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
КУЗ-ҚИШ МАВСУМИГА ТАЙЁРГАРЛИК ИШЛАРИ КЎЗДАН КЕЧИРИЛДИ.
янв.21
Ishonchni qozonish — masʼuliyatdir
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHDI
янв.21
Фуқаролар муаммолари доимий ўрганилмоқда
янв.21
DEPUTATLIK NAZORATI
янв.21
Ўзбекистон Республикаси Президентди Ш.М.Мирзиёевнинг Венгрия ва Словенияга амалга оширган расмий ташрифлари натижалари
янв.21
Ўзбекистоннинг дунё саҳнасидаги зафарли қадами
МҮНӘСИБЕТ

Мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған кең қамтылған реформалар процессинде жаслар мəселеси үстин туратуғын жөнелислерден бири ретинде белгиленген. Атап айтқанда, Президентимиздиң ПП-163 санлы пəрманы мəҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа көтериўде зəрүрли қəдем болды.

 Пəрманда белгиленген илажлар мəҳеллелерде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тəмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, жəне социаллық-экономикалық активлигин асырыўға қаратылғаны менен əҳмийетли болып табылады.

 Халық демократиялық партиясы ушын усы пəрмандағы ўазыйпалар бөлек əҳмийетке ийе. Себеби, партиямыз программасында да жаслардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, тең мүмкиншиликлер жаратыў, билимлендириў ҳəм мийнет саласында олардың мəплерин тəмийинлеў үстин туратуғын ўазыйпа сыпатында белгиленген.

Сол себепли, биз депутатлар сыпатында төмендеги ўазыйпаларды əмелге асырыўға бөлек итибар қаратамыз:

1. Жаслар бәнтлиги - мəҳәллелерде жумыс орынларын жаратыў, кəсип-өнерге бəғдарлаў ҳəм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў.

2. Руўхый тəрбия - жасларды миллий ҳəм улыўма инсаныйлық қəдириятларға садықлық руўхында тəрбиялаў, олардың руўхый дүньясын байытыў.

3. Жаслар басламаларын хошаметлеў - спорт, мəденият ҳəм пəн тараўларында идея ҳəм жойбарларын əмелге асырыўда жəрдем бериў.

4. Социаллық қорғаў - мүтажлиги бар, жумыссыз ҳəм мүмкиншилиги шекленген жаслар менен индивидуал жумыс алып барыў.

Пəрманда белгиленген илажлар тек ғана мəмлекет шөлкемлери емес, бəлким сиясий партиялар, жəмийетшилик ҳəм пуқаралардың актив қатнасы менен əмелге асырылғанда күтилген нəтийжени береди.

Халық демократиялық партиясы депутаты ретинде биз бул процессте жаслар мəплерин ҳəр тəреплеме қорғаў, олардың әрман-үмитлерин əмелге асырыў ушын барлық мүмкиншиликлерден нəтийжели пайдаланамыз.