Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
25-Юксалиш округи депутати томонидан Учқун МФЙда рўйхатга олиш ишлари назорат қилинмоқда
янв.21
Ўзбекистон Экологик партияси Наманган шаҳар Кенгаши Аёллар клуби аъзоси, маҳаллий Кенгаш депутати М. Хожиева томонидан Зарбдор ва Илғор маҳалла фуқаролар йиғинида ўрганиш ишлари ўтказилди.
янв.21
Депутатлик сўрови асосида муаммо жойида ўрганилди.
янв.21
Халқ депутатлари Наманган шаҳар Кенгаши депутати сайловчилар билан учрашди.
янв.21
Xalq deputatlari Namangan shahar Kengashining navbatdagi o‘n beshinchi sessiyasi o‘tkazildi
янв.21
Амалга оширилган ишлари юзасидан ахборотлар
янв.21
ҲИСОБОТ ВА МАСЪУЛИЯТ: ДЕПУТАТ ФАОЛИЯТИ ХАЛҚ НАЗАРИДА
янв.21
Халқ билан очиқ мулоқот — адолатли бошқарувнинг энг муҳим шартидир
янв.21
Сайловчилар билан очиқ мулоқот — жамият тараққиёти гарови
янв.21
Бирдамлик самараси — Бобуршоҳ маҳалласида янги ҳаёт
Мүнәсибет

2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентинин 98-санлы парманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте.
Усы Пәрман менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын буннан былай да күшейтиўди нәзерде тутатуғын әҳмиетли ўазыйпалар белгилеп берилмекте.
Мине, усындай әҳмиетли ўазыйпалардан бири бул жергиликли Кеңеслердиң жумысында сиясий партиялар топарларының орнын буннан
былай да беккемлеў болып есапланады. Бүгинги күнде сиясий партиялардың топарлары имканиятларынан жетерли дәрежеде нәтийжели пайдаланылмай атыр.
Сол себепли де усы Пәрман менен сиясий партиялар топарларының жумысын жетилистириў, олардың Кеңеслер жумысында
тутқан орнын жақсылаў илажларын көриў режелестирилмекте. Онда биринши гезекте жергиликли Кеңес депутатлары өзлери сайланған сиясий партияның тийкарғы жумыс бағдарларын терең аңлап алыўы, сиясий партияның жыллық режелери ҳаққында мағлыўматқа ие болыўы, өзи сайланған аймақта әмелге асырмақшы болған жумысларын режелестириўи талап етиледи.
Бул арқалы бир сиясий партиядан сайланған жергиликли Кеңес депутатлары аймақтағы бар уқсас машқалаларды биргеликте сиясий партия топары мәжилислеринде додалап, тийисли жумысларды биргеликте әмелге асырыў механизми енгизиледи. Пәрман менен сиясий партия топарларының жумысын әмелге асырыў усылларын анық белгилеў нәзерде тутылмақта.
Бул сиясий партия топарының өз жумысын сиясий партия менен үнлес алып барыўын ҳәм нәтийжеде өз електоратының мәплерин және де жақсырақ сәўлелендириўди тәмийинлейди.
Әлбетте, бундай исленетуғын жумыслар мәмлекетимиздиң сиясий турмысында партия топарларының өз орнына ие болыўына да үлкен хызмет етеди.
Пикиримниң соңында соны айтпақшыман, бул Пәрманның қабыл етилиўи биз депутатлардан және де үлкен жуўапкершилик жүклейди. Солай екен, биз сайлаўшылар ҳәм талабанымызды көрсеткен сиясий партия тәрепинен бизге билдирилип атырған исенимди ақлаўға ҳәм
алдымызға қойылып атырған ўазыйпаларды толық әмелге асырыўға ҳәрекет етемиз. 

 Ю.Матниязов
Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты,
ЎзЛиДеП деутатлық топары баслығы