Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat tomonidan targ‘ibot va uchrashuvlar o‘tkazildi
янв.21
Jinoyatchilikni oldini olish — ustuvor vazifa
янв.21
"Birlashgan Deputatlar Yangicha Hamkorlik"
янв.21
Mahalla — taraqqiyot tayanchi
янв.21
“Bir mahalla — bir tashabbus” loyihasi doirasida
янв.21
Targ‘ibot tadbirlari
янв.21
25-Юксалиш округи депутати томонидан Учқун МФЙда рўйхатга олиш ишлари назорат қилинмоқда
янв.21
Ўзбекистон Экологик партияси Наманган шаҳар Кенгаши Аёллар клуби аъзоси, маҳаллий Кенгаш депутати М. Хожиева томонидан Зарбдор ва Илғор маҳалла фуқаролар йиғинида ўрганиш ишлари ўтказилди.
янв.21
Депутатлик сўрови асосида муаммо жойида ўрганилди.
янв.21
Халқ депутатлари Наманган шаҳар Кенгаши депутати сайловчилар билан учрашди.
Нөкис районында көшпели қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлар өз шешимин таппақта

Нөкис районында көшпели қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлар өз шешимин таппақта

Усы жылдың 18-июнь күни Нөкис районы прокуроры П.Халмуратов тәрепинен "Арбашы" аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў өткерилди. Бул қабыллаў процесинде пуқаралар тәрепинен билдирилген бир қатар машқалалар орнында үйренилип, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар көрилди.

Атап айтқанда, пуқара М.Қаниязов тәрепинен өзиниң көшесиндеги 5 дана электр ағаш үстини ескиргени себепли оларды жаңасына - бетон үстинлерге алмастырып бериў ҳаққында мүрәжат билдирилген еди. Бул мәселе тез пурсатта көрип шығылып, бүгин бул бағаналар жаңаланып, бетон электр бағаналары орнатылды.

Сондай-ақ, пуқара М.Алламбергенов тәрепинен аўылға электр энергиясын жеткерип бериўши трансформаторға басым жоқары екенлиги, сол себепли қосымша трансформатор орнатыў зәрүрлиги ҳаққында мүрәжат еткен еди. Бул мәселе де итибардан шетте қалмастан, районлық электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен оператив үйренилип, пуқараның талабы унамлы қанаатландырылды- қосымша трансформатор орнатылды.

Slide 1 of 4