Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Амалга оширилган ишлари юзасидан ахборотлар
янв.21
ҲИСОБОТ ВА МАСЪУЛИЯТ: ДЕПУТАТ ФАОЛИЯТИ ХАЛҚ НАЗАРИДА
янв.21
Халқ билан очиқ мулоқот — адолатли бошқарувнинг энг муҳим шартидир
янв.21
Сайловчилар билан очиқ мулоқот — жамият тараққиёти гарови
янв.21
Бирдамлик самараси — Бобуршоҳ маҳалласида янги ҳаёт
янв.21
Кенгашнинг “Маҳаллий бюджет, тадбиркорликни ривожлантириш ва иқтисодий ислоҳотлар масалалари бўйича доимий комиссияси”нинг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди.
янв.21
🟦 ЎЗЛИДЕП депутатлари — халқ орасида!
янв.21
ЎЗЛИДЕП депутатлари сайловчиларга ҳисобот бермоқда
янв.21
Депутат учрашуви
янв.21
Коррупцияга қарши кураш - давр талаби
Мүнәсибет

Мен, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутатлығына 11-санлы “Қумбыз” сайлаў округинен сайланған депутат Муханов Оразгали Тажигалиевич усы жылдың 30-май күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси Сессиясы қарарларының мазмун-мәнисин түсиндирилди. Сондай-ақ, жылдың атамасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түскен болып, оларға тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди. Өзбекстан ХДП Қоңырат районлық Кеңесинде шөлкемлестирилген «Жәмийетшилик қабыллаўхана»сына 1-шерек даўамында бир қанша мүрәжатлер келип түскен болып, мүрәжатлардың барлығы унамлы шешилиўине ерисилди.

Сондай-ақ, “Қумбыз” мәкан пуқаралар жыйыны аймағына пуқаралар қол телефонларынан қолайлы түрде пайдаланыу ушын (beeline) антенасы орнатылып берилди. 

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлығын билдирди.

Сессия ҳәм турақлы комиссия, партияның үгит-нәсият илажларында турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен. 

Муханов Оразгалий Тажигалиевич 11-санлы "Қумбыз" сайлаў округинен Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты

Slide 1 of 1