Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ўзбекистон Экологик партияси Наманган шаҳар Кенгаши Аёллар клуби аъзоси, маҳаллий Кенгаш депутати М. Хожиева томонидан Зарбдор ва Илғор маҳалла фуқаролар йиғинида ўрганиш ишлари ўтказилди.
янв.21
Депутатлик сўрови асосида муаммо жойида ўрганилди.
янв.21
Халқ депутатлари Наманган шаҳар Кенгаши депутати сайловчилар билан учрашди.
янв.21
Xalq deputatlari Namangan shahar Kengashining navbatdagi o‘n beshinchi sessiyasi o‘tkazildi
янв.21
Амалга оширилган ишлари юзасидан ахборотлар
янв.21
ҲИСОБОТ ВА МАСЪУЛИЯТ: ДЕПУТАТ ФАОЛИЯТИ ХАЛҚ НАЗАРИДА
янв.21
Халқ билан очиқ мулоқот — адолатли бошқарувнинг энг муҳим шартидир
янв.21
Сайловчилар билан очиқ мулоқот — жамият тараққиёти гарови
янв.21
Бирдамлик самараси — Бобуршоҳ маҳалласида янги ҳаёт
янв.21
Кенгашнинг “Маҳаллий бюджет, тадбиркорликни ривожлантириш ва иқтисодий ислоҳотлар масалалари бўйича доимий комиссияси”нинг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди.
Мунасибет

«Орайлық Азия-Европа Аўқамы» саммитти: «Алдымызда мәмлекетимизди раўажланыў менен бирге абат мәкан қылыў ушын тарийхый имканият турыпты»

Усы атамада Самарқанд қаласында өткерилген «Орайлық Азия-Европа Аўқамы» биринши саммити алдынан мәмлекетимиз президенти Ш.М.Мирзиёев «Euronews» ге берген интервьюсинде дәслеп бул саммиттиң мақсети, саммитти өткериў орнының таңланыўы ҳәм Орайлық Азия беслигинде Өзбекстанның басшылығы дәўиринде әмелге асырылатуғын ең әҳмийети мәселелер бойынша пикир билдирди.  

Президент өз сөзинде «Орайлық Азия-Европа Аўқамы» форматы-бирге ислесиў платформасы болып, өлшеми ҳәм институционал қамтыў көрсеткиши бойынша бирден-бир платформа болып есапланатуғынлығын, бизиң Европа Аўқамы менен шериклигимиз-бул еки тәреплеме ҳәрекет, буннан еки тәрепте мақсетли пайдаланыўы лазымлығын атап өтти.

Европа Аўқамы менен бирге ислесиў экономика ҳәм инвестициядан тартып раўажланыў, қәўипсизлик ҳәм санлы трансформацияға шекем болған тараўлардың кең комплексин қамтып алады ҳәмде узақ мүддетли стратегиялық әҳмийетли бағдарларға тийкарланады. Бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери менен Европа Аўқамы арасындағы саўда айланбасы 4 есеге артқанлығын Президент мысал ретинде атап өтти.

Соның менен бирге Президент саммиттиң Самарқанд қаласында өткерилиўи бойынша төмендеги пикирди билдирди :

Самарқанд-әсирлер даўамында саўда, илим-пән, дипломатиялық қатнасықлар орайы болып келген қала. Оның уллылығы түрли мәдениятлар, халықлар ҳәм идеяларды бирлестире алыўында. 

Алты әсирден артық ўақыт алдын усы жерден Мавереннахр ҳүкимдары Амир Темур Европа монархлары менен еркин ҳәм қәўипсиз саўда байланысларын орнатқан.

Журналистлер тәрепинен берилген «Орайлық Азия беслигинде Өзбекстан басшылығы дәўиринде қайсы әҳмийетли бағдарларға итибар қаратылады?» деген сораўға Президент тәрепинен төмендегише жуўап берилди :

Орайлық Азия-Өзбекстанның сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдары болып есапланады. Тарийхта да, бүгинги күнде де дүньяда болып атырған қураллы тоқнасыўлар қоңсы мәмлекетлерде ушырасып атырғанлығы Орайлық Азия мәмлекет басшыларының конструктив, қоңсышылыққа тийкарланған, бир-бирине исеним ҳәм ҳүрмет пенен қатнасықты турақлылығын сақлаў ушын жәмлестирди.

Президент өз сөзинде 2017-жыл Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң 72-сессиясында Өзбекстан Масләҳәт ушырасыўлары менен усыныс кириткенде әпиўайы , бирақ, әҳмийетли идеядан келип шыққан едик, егер биз өз-ара исеним ҳәм байланысты өзимиз басламасақ, ҳеш ким аймағымызда тынышлық, раўажланыўды тәмийинлеп бере алмайтуғынлығын айта келип, Орайлық Азия беслигинде Өзбекстанның басшылығы дәўиринде төмендеги үш әҳмийетли мәселелерге дыққат итибар қаратты :

-аймақлық қәўипсизликти тәмийинлеў;

-экономикалық интеграцияны тереңлестириў;

-экологиялық раўажландырыўды тәмийинлеў.

Партиямыз Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бул әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаған ҳалда, бул әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыўда ҳәр биримиз бүгинги күнде дүнья жүзинде болып атырған жағдайлардан келип шығып, мәмлекетимизде, мәҳәллемизде, ҳәттеки шаңарағымыздан баслап, тынышлық-татыўлық, қәўипсизлик мәселелерине итибар қаратыўда, мәмлекетимиздиң экономикасының раўажланыўына ҳәр биримиз үлесимиди қосыўымыз, сондай-ақ, бүгинги күнде дүнья жүзиндеги машқалалардың бири болған экологиялық апатлардың алдын алыў, «Жасыл мәкан», «Жасыл пояс» жойбарларында белсенди пуқара сыпатында қатнасыў ўазыйпамыз деп биледи.

  

Жалиев Қабылбек,

Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты

Slide 1 of 1