Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Исбилерменлик тараўы үйренилди

Исбилерменлик тараўы үйренилди

🔰 Олий Мажилис Нызамшылық палатасы ҳәм Пуқаралық жәмийети институты ўәкиллеринен ибарат исши топар ағзасы С.Ботиров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  депутаты, ӨзХДП  фракциясы ағзасы Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық кеңеси депутаты К.Насыровалар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрьдеги "Қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлер көшелери және ишки хожалық жоллары инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы 665-санлы қарарына тийкар "ОАСИС-КРБ" ЖШЖ Мийманхана хызметин шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар барысы менен танысты.

Мийманхана "Арал" МПЖ да  жайласқан болып, исбилермен Зухра Тухватуллина тәрепинен жумыс алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта Россиялық газ фирмасы менен шәртнама дүзилип, 25 адамға хызмет көрсетилмекте.

Slide 1 of 1