Мүнәсибет
Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Қытай Республикасына әмелий сапары Өзбекстан Республикасы экономикасын буннан былай да раўажландырыў, еки мәмлекет арасындағы өз-ара мәпке тийкарланған экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди күшейтиў жолындағы әҳмийетли стратегиялық қәдем болды. "Henan Investment Group" компаниясы менен болып өткен ушырасыў болса, еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиў ҳәм жаңа инвестициялардың раўажланыўы ушын кең имканиятлар ашып береди. Енергетика тараўындағы бирге ислесиў арқалы Өзбекстан экономикасын раўажландырыўға, аймақларда халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға беккем тийкар жаратылады.
Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырған бундай ҳәр тәреплеме пуқта ойланған басламалар халқымыздың турмыс абаданлығын буннан былай да жоқарылатыўға хызмет ететуғынына исенемен!
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты У.Урынбаева