Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
📌 MAHALLA YETTILIGINING HISOBOTI TINGLANDI
янв.21
📢 AHOLI MUROJAATLARI BILAN ISHLASH TIZIMI YANADA KUCHAYTIRILMOQDA!
янв.21
📘 DEPUTAT MAQOMI VA UNING VAKOLATLARI
янв.21
📢 PENSIYAGA CHIQISH ONLAYN BO‘LGANIDAN XABARINGIZ BORMI?
янв.21
📌 DEPUTAT VA FUQAROLAR UCHRASHUVI: MUAMMO VA TAKLIFLAR TINGLANDI
янв.21
📌 MIRZACHO‘LDA XOTIN-QIZLAR TADBIRKORLIGINI RIVOJLANTIRISH MASALALARI MUHOKAMA QILINDI
янв.21
🤝 DEPUTAT VA “MAHALLA YETTILIGI” — HAMKORLIKDA MUAMMOLARGA YECHIM
янв.21
📌 KENGASHNING BUDJET MABLAG‘LARINI QAYTA TAQSIMLASHDAGI VAKOLATLARI
янв.21
📍SESSIYA KUN TARTIBIDAGI MASALA JOYIGA CHIQIB O‘RGANILDI
янв.21
📍 SITUATSION MARKAZDA OLIB BORILAYOTGAN ISHLAR O‘RGANILDI
ТАРИЙХЫЙ ЖОЛ ҲӘМ ӘҲМИЙЕТЛИ МАҚСЕТЛЕР

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгениниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районында партияның көп жыллық нәтийжели жумыс алып барған ветеранлары, белсендилери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

✅ Ушырасыў даўамында партияның өткен 35 жыллық тарийхый жолы, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында тутқан орны, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылған ийгиликли жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Сондай-ақ, партия тийкарын беккемлеў ҳәм оның идеяларын халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўда пидәкерлик пенен мийнет еткен ветеранлардың хызметлери атап өтилип, оларға шын жүректен миннетдаршылық билдирилди.

🔹 Илаж соңында партия шөлкеминиң алдағы әҳмийетли ўазыйпалары белгилеп алынып, алдағы ўақытта алып барылыўы тийис болған илажлар режеси ҳәр тәреплеме додаланды.

Slide 1 of 5