Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Спорт инфраструктурасы

 Халық депутатлары Мойнақ районлық
Кеңеси депутаты А.Сейтназаров районлық спорт мектепте болып, жасларға жаратылған
шараятлар, спорт залының жағдайы ҳәм спорт инвентарьлары менен тәмийинленгенлик
дәрежесин үйренди.
 

Yйрениў даўамында спорт мектеп имаратының техникалық жағдайы, жаслар ушын жаратылған
шараятлар, бар үскенелер ҳәм олардың жетерлилиги бойынша ҳәр тәреплеме танысып
шықты. Анықланған кемшиликлерди сапластырыў, ескирген спорт инвентарьларын
жаңалаў ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелери
бойынша пикир алысты.
 

Депутат тәрепинен спорт инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша әмелий
илажлар көриў атап өтилди.
  

Slide 1 of 5