Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Сессия олдидан муҳим ўрганиш: “Салор” маҳалласида ПҚ-1 ижроси ўрганилди
янв.21
Депутат ахбороти олдидан "Баёт" МФЙ фаолияти ўрганилди!
янв.21
«Билимдон» маҳалласида навбатдаги сайёр қабул бўлиб ўтди
янв.21
Сессия олдидан муҳим ўрганиш: “Фаровон” маҳалласи хавфсиз ҳудудга айлантирилмоқда!
янв.21
«Фаровон» маҳалласида навбатдаги ўрганишлар ўтказилди
янв.21
Маҳалла инфратузилмаси ва аҳоли мурожаатлари депутат эътиборида
янв.21
Мирободда депутат ахбороти: 2026 йил иккинчи чорак бўйича депутатлик фаолияти юзасидан ахборот бериди
янв.21
Маҳалла еттилиги билан ҳамкорлик: Муаммолар депутат назоратида ҳал этилади
янв.21
«Ат-Термизим» маҳалласида навбатдаги ўрганиш ўтказилди
янв.21
"Қўйлиқ ота" МФЙ фаолияти ўрганилди: Аҳоли муаммолари депутатлар назоратида
Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жетпис төртинши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жетпис төртинши сессиясы болып өтти. Онда тоғыз мәселе көрип шығылды.

1-мәселе: Нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаў, жынаятшылық ҳәмде ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў бағдарында Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Нөкис қаласы прокуроры Р.Бауаддинов есабаты тыңланды

2-мәселе: Ҳуқықбузарлық ҳәм жынаяттың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Нөкис қаласы Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы Т.Дошумбаев есабаты тыңланды.

3-мәселе: Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен 2023-жыл даўамында бюджет дәраматларының өндирилиўи бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында ҳәм де 4-мәселе бойынша да Нөкис қаласының мәкан пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерди қолланыў ҳаққында Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы ў.ў.аА.Кушакаев есааты тыңланды.

5-мәселе: 2023-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы бөлими баслығы Р.Балтабаевтың есабаты тыңланды.

6-мәселе: 2023-жыл даўамында ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық, норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелияты жағдайы ҳаққында Нөкис қаласы әдиллик бөлими баслығы О.Жуманиязовтың есабаты тыңланды.

7-мәселе: 2023-жыл даўамында Нөкис қаласындағы секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң искерлиги, мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы, ҳәким жәрдемшилери жумысының нәтийжелилигин үйрениў, үйрениў нәтийжелерин Халық депутатлары қалалық Кеңеслеринде додалап барыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Т.Асанов есабат берди.

8-мәселе: Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси секретариатының 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси секретариаты баслығы Т.Дошекенов есабаты тыңланды.

Сондай-ақ,

9-мәселе: Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң ҳәм турақлы комиссияларының 2024-жыл биринши ярым жыллық ис-режелерин тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.

Slide 1 of 5