35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DEPUTAT NAZORATI: TIBBIYOT MASKANI O‘RGANILDI.
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: TA’LIM MUASSASALARI HOLATI O‘RGANILMOQDA.
янв.21
TUMANDA BOG‘LAR PARVARISHI VA EKSPORT MASALALARI DIQQAT MARKAZIDA.
янв.21
Marhamat tumanini ijtimoiy-iqtisodiy rivojlantirish yuzasidan belgilangan chora-tadbirlarni manzilli o‘rganish.
янв.21
MARHAMAT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI O'TKAZILDI
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tuman Kengashining navbatdan tashqari sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tumani Kengashining 7-sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi boʻlib oʻtdi
янв.21
MARHAMAT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI O'TKAZILDI
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI IJOBIY HAL ETILDI
ВЕНГРИЯ МӘМЛЕКЕТИ МЕНЕН ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ КЕҢЕЙЕДИ

 Бүгин Будапешт қаласында Өзбекстан
Республикасы Олий Мәжлиси Сенаты ҳәм Венгрия Миллий Ассамблеясы менен әҳмиетли
меморандумына қол қойылды.
 

 Бул ҳүжжет тийкарынан еки мәмлекет парламентлери
арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў, өз-ара исеним ҳәм пайдалы шерикликке
тийкарланған бирге ислесиўди буннан былайда раўажландырыўға қаратылған.
 

 Өзбекстан ҳәм Венгрияны мәмлекетлери бир-неше жыллар даўамында өз-ара дослық,
бир-бирине ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик байланыслары бирлестирип турады. Еки мәмлекеттиң
демократиялық реформалары, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм парламенттиң ролин күшейтиўге
итибар каратылған. Келисилген меморандум усы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўда
үлкен
әҳмиетке ийе. 

Өз-ара келисимлер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң
сезилерли жеделлескени ҳәм дослық қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине
шекем артқаны атап өтилди.
 

Еки мәмлекет халықларын бир-бирине байланыстырып
туратуғын тарийхый, дәстүрий, мәдений қәдириятлардың уқсаслығы
мәмлекетлераралық байланыслардың раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екени атап
өтилди.
 

Тәреплер экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў,
аймақлараралық ҳәм мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы саўда байланысларын
буннан былай да раўажландырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратты.
 

Сөйлесиў ўақтында 2026-жыл Өзбекстан ҳәм Венгрия
арасындағы мәденият, илим ҳәм инновациялар жылы деп жәрияланғаны да атап
өтилип, тәреплер еки мәмлекетте бир қатар ири илажларды өткериў мәселелери
бойынша пикир алысты.
 

Парламентлераралық қатнасықларды избе-из раўажландырып
барыў ҳәм мәмлекет басшылары дәрежесинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў,
өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
 

Б.ИСКЕНДЕРОВ 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси 

Секретариат баслығы