Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DEPUTAT NAZORATI: TIBBIYOT MASKANI O‘RGANILDI.
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: TA’LIM MUASSASALARI HOLATI O‘RGANILMOQDA.
янв.21
TUMANDA BOG‘LAR PARVARISHI VA EKSPORT MASALALARI DIQQAT MARKAZIDA.
янв.21
Marhamat tumanini ijtimoiy-iqtisodiy rivojlantirish yuzasidan belgilangan chora-tadbirlarni manzilli o‘rganish.
янв.21
MARHAMAT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI O'TKAZILDI
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tuman Kengashining navbatdan tashqari sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tumani Kengashining 7-sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Marhamat tuman Kengashining navbatdagi sessiyasi boʻlib oʻtdi
янв.21
MARHAMAT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI O'TKAZILDI
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI IJOBIY HAL ETILDI
Өзбекстанның мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы реформалары тән алынды

Статистикалық мағлыўматларға бола, Өзбекстанда 3-7 жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў көрсеткиши 2022-жылы 71,8 процентти қураған болса, 2025-жылға келип 77 процентке жеткерилди.

Илаж даўамында ЮНЕСКО қәўендерлигинде Ташкент қаласында шөлкемлестирилип атырған Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў бойынша II категориялы регионаллық орай ҳаққында да мағлыўмат берилди.

– Бул орай Өзбекстанның соңғы жыллардағы басламалары менен ҳәрекетлериниң логикалық даўамы болып, мәмлекетимиз ҳәм пүткил регионымыз ушын жаңа жуўапкершилик ҳәм жаңа имканиятларды ашады, – деди Өзбекстан мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова. – Орайдың тийкарғы ўазыйпасы ерте балалық билимлендириў тараўында регионаллық жетекшиликти раўажландырыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, илимий-изертлеў ҳәм сиясат таллаўларын тереңлестириў болып есапланады.

Орайдың шөлкемлестирилиўи Өзбекстанның ЮНЕСКО менен көп жыллық исенимли бирге ислесиўин ҳәм ерте билимлендириўди раўажландырыў бойынша глобал ҳәрекетлердеги жетекшилигин және де беккемлейди.

  Бул исленип атырған реформалар елимизде келешегимиз болған жас әуладтиң санлы, билимли ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланған саламат болып жетилисиўинде натийжели орынды ийелейди.

Мырзатаев Махмут Жиенбаевич

 "10-санлы Пахта пункт” сайлаў округинен

 Халық депутатлары Кегейли районлық

 Кеңеси депутаты