Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining navbatdagi 17-sessiyasida: MARGʻILON SHAHRINING 2026-YILGI MAHALLIY BYUDJETI TASDIQLAB OLINDI
янв.21
Deputatlik nazorat tahlil ishlari davom etmoqda.
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi bilan uchrashuvi
янв.21
Saylovchi murojaati – amaliy yechimda
янв.21
Deputatlik nazorati
янв.21
Deputat yoshlar bilan uchrashuvi
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi,mahalla nuroniylari, faollari bilan uchrashuvi
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң жумысларын еледе жетилистириўге бағышланған жыйналыс өткерилди

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң жумысларын еледе жетилистириўге бағышланған жыйналыс өткерилди. 

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жыйналыс күн тәртибинде партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң жумысларын еледе жетилистириў барысында районлық партия кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары тәрепинен орынларда алып барылған үгит-нәсият жумыслары, әмелий илажлар ҳәм ушырасыўларда партия электораты мәплеринен келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Илаж жуўмағында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен партияның Нөкис районлық кеңесине жаңа заманагөй компьютер тапсырылды.

Slide 1 of 5