Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining navbatdagi 17-sessiyasida: MARGʻILON SHAHRINING 2026-YILGI MAHALLIY BYUDJETI TASDIQLAB OLINDI
янв.21
Deputatlik nazorat tahlil ishlari davom etmoqda.
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi bilan uchrashuvi
янв.21
Saylovchi murojaati – amaliy yechimda
янв.21
Deputatlik nazorati
янв.21
Deputat yoshlar bilan uchrashuvi
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi,mahalla nuroniylari, faollari bilan uchrashuvi
Мүнәсибет

Мен, 17-Бердақ сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Сабуров Ғайратдин Толыбаевич усы жылдың 8-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, жылдың атына сай қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сайлаўшылар тәрепинен есабат дәўиринде 4 мүрәжат келип түсти ҳәм олар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди.

Мәселен, “Ақмаңғыт” посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы Толыбай аўылы турғынлары тәрепинен қыйтақ жерлерине изей суў шығып атызларындағы мийўе ағашларына зыян тийгизип атырғанлығы мәселеси ҳәм “Абат аўыл-2” аўылы турғынларының ағын суў мәселеси бойынша мүрәжатлери район ҳәкими менен биргеликте шешилип, аймақ турғынларының қыйтақ жерлерине суў жеткерип берилиўине ерисилди.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықларын билдирди.

Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 Ғайратдин САБУРОВ,

17-Бердақ сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты