Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining navbatdagi 17-sessiyasida: MARGʻILON SHAHRINING 2026-YILGI MAHALLIY BYUDJETI TASDIQLAB OLINDI
янв.21
Deputatlik nazorat tahlil ishlari davom etmoqda.
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi bilan uchrashuvi
янв.21
Saylovchi murojaati – amaliy yechimda
янв.21
Deputatlik nazorati
янв.21
Deputat yoshlar bilan uchrashuvi
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi,mahalla nuroniylari, faollari bilan uchrashuvi
Депутат махаллада лойихаси

2025-жыл 7-8-апрель күнлери Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты А.Аллиярованың аймақлардағы сайлаўшылар менен ушырасыўында «Тахтакөпир» ППЖ, «Дәўир» МПЖ ҳәм «Айдын жол» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралардан Ески Қуўаныш жарма каналы арқалы үйалды қыйтақ жерлерине суў жеткерип бериў бойынша көплеген мүражатлер келип түскен еди.

Пуқаралардың мүражатлери тийкарында 8-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңес депутатлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-54-санлы қарары тийкарында район орайындағы «Тахтакөпир» ППЖ, «Дәўир» МПЖ ҳәм «Айдын жол» МПЖ аймағынан өтиўши Ески Қуўаныш жарма каналын реконструкция ислеў жумысларының барысы ҳәм усы канал арқалы пуқараларға суў жеткерип бериў графиги менен танысты.

Мағлыўмат ушын: Ески Қуўаныш жарма каналы «Елликқала махсус пудрат» ЖШЖ тәрепинен реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Slide 1 of 1