Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Ққ.Р. Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық-районлық Кеңеслери депутатлары менен ушырасты. Ушырасыў даўамында бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар депутатлар ҳәм жылдың ең белсенди Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери мүнәсип хошаметленди. Атап айтқанда республика бойлап өткерилген «Ең үлгили жергиликли Кеңес» таңлаў жуўмағы бойынша Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм өз белсендилиги менен жақсы нәтийжелерге ерискен жергиликли депутат Матниязов Юлдаш Кутлимуратович ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.