Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
Халқ депутатлари туман Кенгаши депутати ҳудудларда🏘
янв.21
📌 Депутат ва маҳалла еттилиги ҳамкорлик
янв.21
🛒📣Депутатлик суров юборилди
янв.21
Сўх туман Халқ депутатлари Кенгашининг Аграр, сув хўжалиги ва экология масалалари бўйича доимий комиссияси раис ўринбосари Ж. Уводуллоев томонидан туман ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, инвестиция ва инфратузилма дастурлари доирасида белгиланган режаларнинг амалга оширилиши ўрганилди. 🔍
янв.21
📌 Халқ депутатлари туман Кенгаши раиси ҳудудларда
янв.21
📌 Маҳалла фаоллари билан учрашув ва ўрганишлар олиб борилди 🏘
янв.21
📌 Ҳафталик фаолият юзасидан таҳлилий-танқидий йиғилиш ўтказилди
янв.21
Туман Кенгаши депутати ҳудудларда
янв.21
📌 Ленбур МФЙда “Маҳалла еттилиги” фаолияти ўрганилди 👥
янв.21
Депутат сайловчилар билан учрашув ўтказди
ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ

♻️Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен 2025-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат бериў реже-графиги тастыйықланған еди. Усы график тийкарында 8-апрель күни 17-санлы "Бердақ" сайлаў округи депутаты Ғ.Сабуров өз сайлаўшылары алдында усы жылдың биринши шерегинде алып барған жумыслары ҳаққында есабат берди.

Ол өз сөзинде ҳүрметли президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлар,  быйылғы "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "Жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында айтып өтти ҳәм жыл басынан усы күнге шекем пуқаралардан келип түскен мүрәжәтлердиң  шешим тапқанлығы ҳаққында мағлыўмат берди. 

📌Есабат даўамында пуқаралардан мүрәжәтлер болды, бул мүрәжәтлерге депутат тәрепинен ҳуқықый түсиник берилди ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды. Сайлаўшылар депутат Ғ.Сабуровтың есабатын қанаатландырарлы деп тапты.

Slide 1 of 3