Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
cессия
янв.21
OBODLIK MAHALLADAN BOSHLANADI!
янв.21
Deputat tashabbusi
янв.21
https://t.me/Sox_Kengash_kotibiyat/1140
янв.21
saylovchilar bilan uchrashuv
янв.21
Мактаблар янги ўқув йилига тайёрми?
янв.21
Халқ депутатлари туман Кенгаши депутатлари тумандаги маркази шифохонадаги муаммоларни ургандилар
янв.21
МФЙдаги муаммолар ўрганилмоқда
янв.21
депутат ташаббуси билан ёшларни бўш вақтини мазмунили ташкил этиш
янв.21
депутат ижтимоий соҳа иситиш тизимини ўрганди
МҮНӘСИБЕТ

     Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында билимлендириў тараўы хызметкерлери менен Ташкент қаласы Бостанлық районында өткерилген видеоселектор мəмлекетимизде илим-билимге, жаслар тəрбиясына, оқытыўшылар мийнетине қаншелли үлкен итибар қаратылып атырғанлығын тағы бир мәрте көрсетти. Президентимиз билимлендириў сапасын асырыў, оқытыўшылардың орны ҳəм материаллық тəмийнатын күшейтиў, оқыў мəкемелерин заман талабына сай шәраятлар менен тəмийинлеў мəселелерине айрықша тоқталып өткен еди.

    Бул илажда көтерилген мəселелер жəмийетимиз раўажланыўы ҳəм келешеги ушын стратегиялық əҳмийетке ийе. Себеби, турақлы раўажланыўдың тийкарғы сүйениши - билимли, заманагөй көнликпелерге ийе, Ўатанға садық әўладты тəрбиялап бериў болып табылады. Видеоселекторда билимлендириў тараўын ҳəр тəреплеме раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар халқымыз күткен реформалар менен уйқас келеди.

    Халық демократиялық партиясы ўәкили сыпатында биз бул басламаларды қоллап-қуўатлаймыз ҳəм олардың əмелиятта толық атқарылыўы жəмийет мəплерине хызмет етиўине исенемиз. Президентимиз тəрепинен белгиленген баслы ўазыйпалар мəмлекетимиз келешеги ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

    Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Сейтназаров Нуратдин Пирниязович