35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Жаңалықлар

«КӨКШИ ҚАЛА» МПЖ АЙМАҒЫНДА ҮЙМЕ-ҮЙ ЖҮРИП, ПУҚАРАЛАР МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

«КӨКШИ ҚАЛА» МПЖ АЙМАҒЫНДА ҮЙМЕ-ҮЙ ЖҮРИП, ПУҚАРАЛАР МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

✅ Халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың мүрәжатларын терең үйрениў ҳәм анықланған машқалаларды өз ўақтында шешиў — бүгинги күнде депутатлық искерлигиниң баслы бағдарларынан бири есапланады.

Усы мүнәсибет пенен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков «Көкши қала» МПЖ аймағында болды.

♻️ Ушырасыў даўамында депутат мәҳәлле белсендилери ҳәм тийисли шөлкем ўәкиллери менен биргеликте үйме-үй жүрип, пуқаралардың жасаў шараяты, аймақтағы инфраструктуралардың жағдайы ҳәм халықты кыйнап киятырған баслы мәселелер менен жақыннан танысылып, билдирилген пикир ҳәм усыныслар депутат тәрепинен жеке бақлаўға алынды ҳәм тийисли шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди.

✍️ Бундай ашық-айдын сәўбетлер ҳәм үйме-үй жүриў илажлары районның баска да аймақларында турақлы түрде даўам еттириледи.

Slide 1 of 3