❗️Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ МӘХАЛЛЕДЕ ЖОЙБАРЫ ӨТКЕРИЛДИ
♻️ Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлар топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған «Гүлистан» МПЖ аймағына барып, пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар менен жақыннан танысты.
✅ Атап айтқанда, аймақ турғынлары «Гүлистан» МПЖ аймағы Билим нуры көшеси бойындағы жайласқан көпир жүда тар екенлигин, қыс айларында бул көпирден ҳәрекетлениў бир қанша машқалаларды туўдыратуғынлығын билдирип мүрәжат етти.
🔹Илаж соңында билдирилген мүрәжатлар бойынша депутат тәрепинен тийислиги бойынша депутат сораўы жиберилип, қадағалаўға алынды.