Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Сайловчилар билан учрашув
янв.21
Депутат томонидан қўйчилик хўжалиги фаолияти ўрганилди
янв.21
Қонун ижроси ўрганилди
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
#JARAYON
янв.21
Ижтимоий-иқтисодий дастурлар ижроси амалда
янв.21
Аҳоли бандлиги масалалари ўрганилди
янв.21
Доимий комиссиясининг навбатдаги йиғилиши ўтказилди
янв.21
Депутат олис чўл ҳудудидаги маҳаллада ижтимоий хизматлар ҳолатини ўрганди
янв.21
Маҳаллада бандлик ва ижтимоий ҳимоя масалалари кўздан кечирилди
"Депутат мәҳәлледе”

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЫ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Мойнақ районы "Тик-өзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 6-апрель күнги оныншы сессиясының қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова тәрепинен Республикамызда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм сайлаўшылардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға ӨзХДП Мойнақ кеңеси баслығы А.Асенбаева ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары, көше бийлери, аймақ турғынлары ҳәм пуқаралар жыйыны ўәкиллери қатнасты.

Сондай-ақ, ушырасыўда баянатшылар Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары, әҳмиетли ҳүжжетлер тийкарында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында түсиниклер берилиуи менен бир катарда депутатлар тәрепинен пуқаралар ушын қабыллаў шөлкемлестирилди.

Slide 1 of 1