Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Маҳаллада бандлик ва ижтимоий ҳимоя масалалари кўздан кечирилди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Халқ депутатлари Навоий вилоят Кенгаши котибияти мудири Ж.Ҳамроев ҳамда вилоят Кенгаши депутати Б.Жалолов Конимех тумани тиббиёт бирлашмасида бўлиб, аҳолига кўрсатилаётган тиббий хизматлар сифати юзасидан амалий ўрганишлар олиб бордилар.
янв.21
Туман Кенгашида кунлик ва ҳафталик вазифалар ижроси муҳокама қилинди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
#JARAYON
янв.21
#JARAYON
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
Deputat faoliyatidan
Депутат мәҳәлледе

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде "Шахтемир" БПШде "Депутат ҳәм жаслар" атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, "Шахтемир" БПШ ағзалары ҳәм “Жаслар қанаты” ағзалары қатнасты.

Илажда жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-сентябрь күнги «Мәҳаллелерде жаслар менен ислесиў системасы нәтийжелилигин асырыўға қаратылған илажлер ҳаққында»ғы ПП-163-санлы Пәрманының мазмун-мәниси кеңнен түсинтирилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде жасларға қарата елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар және партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Илаж соңында бир қатар жаслар сөзге шығып жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти ҳәм өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды

Slide 1 of 5