Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Маҳаллада бандлик ва ижтимоий ҳимоя масалалари кўздан кечирилди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Халқ депутатлари Навоий вилоят Кенгаши котибияти мудири Ж.Ҳамроев ҳамда вилоят Кенгаши депутати Б.Жалолов Конимех тумани тиббиёт бирлашмасида бўлиб, аҳолига кўрсатилаётган тиббий хизматлар сифати юзасидан амалий ўрганишлар олиб бордилар.
янв.21
Туман Кенгашида кунлик ва ҳафталик вазифалар ижроси муҳокама қилинди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
#JARAYON
янв.21
#JARAYON
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
Deputat faoliyatidan
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЫ САЙЛАЎШЫЛАРҒА ЕСАБАТ БЕРДИ

❗️ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЫ САЙЛАЎШЫЛАРҒА ЕСАБАТ БЕРДИ

♻️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланған 2025-жыл 27-сентябрьдеги 01-12/08-167-санлы реже-графиги тийкарында 

Мойнақ районы "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны имаратында 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

✅ Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2025-жылдың III шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

🔹 Ушырасыў даўамында  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августьтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы Қарары, усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат - Мойнақ магистрал суў тармақларын тартыў, Қоңырат - Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар, 2025-жыл 10-сентябрьдеги "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы ПП-163-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы Қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәниси ҳәмде президентимиздиң соңғы қарарларына тийкарланып, районымызда жаңадан салынып атырған қурылыс объектлериниң жумыс  барыслары ҳаққында түсиндирилди. 

📌 Сөйлесиў даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар бойынша депутат тәрепинен түсиниклер берилди ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Slide 1 of 1