Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Сайловчилар билан учрашув
янв.21
Депутат томонидан қўйчилик хўжалиги фаолияти ўрганилди
янв.21
Қонун ижроси ўрганилди
янв.21
Deputat faoliyatidan
янв.21
#JARAYON
янв.21
Ижтимоий-иқтисодий дастурлар ижроси амалда
янв.21
Аҳоли бандлиги масалалари ўрганилди
янв.21
Доимий комиссиясининг навбатдаги йиғилиши ўтказилди
янв.21
Депутат олис чўл ҳудудидаги маҳаллада ижтимоий хизматлар ҳолатини ўрганди
янв.21
Маҳаллада бандлик ва ижтимоий ҳимоя масалалари кўздан кечирилди
ДЕПУТАТЛАР ИСКЕРЛИГИНЕН

Усы жылдың 16-сентябрь күни Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси жанындағы "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша турақлы комиссия" басламасы менен әҳмийетли ушырасыў болып өтти.

Онда комиссия баслығы М.Бегдуллаев, комиссия ағзалары ҳәм Нөкис районы прокуроры П.Халмуратов қатнасты. Ушырасыў даўамында 2025-жыл даўамында районда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бар машқалалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.

Комиссия ҳәм прокуратура ўәкиллери тәрепинен айрықша атап өтилгениндей, коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиўде профильактикалық илажлардың рольин арттырыў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм жәмийетшилик арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, пуқаралар арасында ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәдениятты арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.

Бундай сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў түриндеги ушырасыўлар коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың мәмлекетлик басқарыўға болған исенимин беккемлеў және жәмийетте коррупцияға маўасасызлық орталығын қәлиплестириўге хызмет етеди.