__Халық депутатлары Қараөзек
районлық Кеңес депутатлары, бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм аймақта жасаўшы
пуқаралар қатнасында Қараөзек районы "Қараөзек" посёлка пуқаралар
жыйынында үгит-нәсият илажы болып өтти. Онда районлық Кеңес депутатлары тәрепинен
жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлардың мәнис мазмуны, той ҳәм мерекелерди
ықшамластырыў, мәҳәлледеги ажырымлардың алдын алыў, үй алды қыйтақ жерлери,
көше әтирапларды абаданластырыў бойынша тоқаталып өтилип, аймақ турғынлары
тәрепинен пикир ҳәм усыныслар билдирилди.__