Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DEPUTATLIK SO‘ROVIGA RASMIY JAVOB BERILDI
янв.21
Sariosyo MFYda jinoyatchilik profilaktikasi va qonunchilik targ‘iboti o‘rganildi
янв.21
82-sonli maktabdagi qurilish ishlari mas’ullar va deputat nazoratida
янв.21
Tumanimizda tibbiyot muassasasi faoliyati o‘rganilib, qonun targ‘iboti o‘tkazildi
янв.21
Varganza mahallasidagi ishlar holati ko‘zdan kechirildi
янв.21
Bozorlardagi narx-navo barqarorligi va mahsulotlar sifati deputatlar e’tiborida
янв.21
Deputatlar va soha mutasaddilari madaniyat maskani faoliyati bilan tanishdilar
янв.21
Alaquyliq mahalla fuqarolar yig'ini yettiligi faoliyati o'rganildi
янв.21
Denov mahalla fuqarolar yig'ini yettiligi faoliyati o'rganildi
янв.21
📌 Xiyobonlar holati va attraksionlar xavfsizligi e’tibor markazida
ЖАСЛАР – САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРЕПДАРЫ

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген “Спорт ҳәм мәдениятты қоллап-қуўатлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў” бағдарынан келип шығып, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер ҳәм шараятлар, бунда, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ спортқа ғалабалық тартыў арқалы саламат турмыс тәризин қалиплестириў, сонын менен бирге, жәмийетте жаслардың белсендилигин арттырыўға көмеклесиўден ибарат.

Илаж даўамында жаслар арасында спорттың шахмат-шашка түри бойынша жарыс өткерилди. 

Бул спорт тури жаслардың интелектуаллық, ойлаў, дыққатын асырыў, стратегиялық ҳәм режелестириў қәбилетин асырыўға жәрдем береди.

Қызғын беллесиўлер тәризинде өткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар партияның естелик саўғалары ҳәм миннетдаршылық пенен сыйлықланды.

Буннан соң, күнниң екинши ярымында жаслардың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў мақсетинде “Жаслар – саламат турмыс тәрепдары” сүрени астында “Саламатлық ушын 5000 қәдем!” ғалабалық жүриў марафоны шөлкемлестирилди.

Район орайынан басланған ғалабалық жүриў марафонына депутаталар, партияның жуўаплы хызмткерлери, “Жаслар қанаты” ағзалары, партия белсендилери қатнасты.

Slide 1 of 5