Бүгин район ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
депутатларына оқыў семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда баянатшылар тәрепинен депутат жумысының
нызамлылық тийкарлары, сайлаўшылардың
мүрәжатлары менен ислесиўде олардың атқаратуғын хызмети ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мәселелери көрип
шығылды.
Сондай-ақ, илажда депутатлардың сайланған округи
аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ
тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў, мәҳәлле
белсендилери менен ислесиўди еле де күшейтиў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша
пикир алысылды.