Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DÍQQAT XABARLANDÍRÍW!
янв.21
Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесидеги ЎзЛиДеП депутатлық топары мәжилиси болып өтти
янв.21
ЖЕРГИЛИКЛИ КЕҢЕСЛЕРДЕ ЖАНА ИМКӘНИЯТЛАР.
янв.21
ЖАҢА БАСҚЫШТА - АШЫҚ, НӘТИЙЖЕЛИ ҲӘМ ХАЛЫҚШЫЛ ЖЕРГИЛИКЛИ ҲӘКИМИЯТҚА ҚАРАЙ!
янв.21
“Kimde kim dosları menen birge qádem taslasa, uzaqqa baradı”
янв.21
"Жаслар келешеги - жәмийет кепили
янв.21
“Инсан қəдири” ушын мүнəсип шəраятлар жаратылмақта
янв.21
ДЕПУТАТ “МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ” МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎДЕ
янв.21
Сондай-ақ, депутатлар аймақтағы социаллық объектлердиң гүз-қыс мәўсимне көрилип атырған таярлықлар ҳәмде усы жылдың 10-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарар ҳәм Пәрманлары, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўы бойынша ислеп шығылған "жол карта"сында нәзерде тутылған социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген илажлар менен танысты.
янв.21
Буннан соң депутатлар аймақтағы 27-санлы шаңарақлық поликлиникасында болып мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған Президент Пәрманлары ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша жыйналғанларға кең түрде түсиндирип өтти.
ЖЕРГИЛИКЛИ КЕҢЕСЛЕРДЕ ЖАНА ИМКӘНИЯТЛАР.

 Соңғы
ўақытлары жергиликли Кеңес депутатларының аймақларды социаллық-экономикалық
раўажландырыў, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының искерлиги үстинен қадағалаў
орнатыў ҳәм пуқараларымызды қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бағдарындағы
ҳәрекетлер шеңбериниң кенейиўи өз нәтийжесин кѳрсетпекте.
Алдынлары,
жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери саны 20 ға да жетпеген болса, кейинги
жылларда ўәкиллик саны 120 дан асты. Ҳүрметли Президентимиздиң
2024-жыл февраль айындағы "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары
ҳаққында"ғы пәрманы менен 33 функция ҳәм ўәкиллик атқарыў ҳәкимиятынан
жергиликли Кеңеслерге өткерилди.
Ал, 2025-жыл
23-июньде қабыл етилген "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик
ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў
концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент пәрманы халық ҳәкимиятын
толық әмелге асырыў бағдарында алға сүрилген кең көлемли реформалардың
"Күшли Кеңес, есап беретуғын ҳәм
басламашы ҳәким" принципин жүзеге шығарыўда әҳмийетли қәдем болды.
Қабыл етилген
бул Пәрман негизинде жергиликли Кеңеслердиң әпиўайы ғана уйым емес, ал халықтың
машқалаларын жоқарыға алып шығатуғын,
тәсиршең күшке айланыўы ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етери сѳзсиз. Және де, енгизилип атырған жергиликли Кеңеслер ўәкилликлериниң нәтийжесинде депутатлар менен халықтың бирге ислесиўи беккемленип, жергиликли Кеңес депутатлары тек ғана ѳткерилген сессияларда атқарыўшы ҳәкимият шығарған қарарларды тастыйықлап бериўшилер емес, бәлким халық машқалаларын шешиўде исенимли буўын болып хызмет етери сѳзсиз. 

  Б.МАТЕКОВ
Халык депутатлары Кегейли районлық депутаты