Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
munosabat
янв.21
SHAHAR KENGASHINING SESSIYASI O‘TKAZILDI
янв.21
Shahar ozodaligi va obodligi yo‘lida
янв.21
Kengash deputatlari va boshqa masʼullar hamrohligida
янв.21
Халқ депутатлари Каттақўрғон шаҳар кенгаши ҳузуридаги доимий комиссияларнинг муҳокама йиғилиши бўлиб ўтмоқда.
янв.21
ТИББИЁТДА КОРРУПЦИЯГА ЎРИН ЙЎҚ
янв.21
ШАҲАР КЕНГАШИНИНГ СЕССИЯСИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
#Доимий комиссиялар йиғилиши ўтказилди
янв.21
DEPUTATLAR MUAMMOLI KREDITLARNI O‘RGANDI
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar mazmun-mohiyati bo‘yicha
“Инсан қəдири” ушын мүнəсип шəраятлар жаратылмақта

 Усы жылдың 16-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёев
басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, аймақларда
жумыслардың барысы, халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша
видеоселектор мәжилиси болып ɵткен еди.
 

"Тынышлық, әдиллик ҳәм инсан қәдирин улығлаўға
болған талап ҳәр қашанғыдан да артып бармақта.
 

Соның ушын ҳәр бир ҳәким аймағындағы, министрлер
болса тармағындағы имканиятлар менен қәўип-қәтерлерди алдыннан көрип, проактив,
яғный тапсырма күтпей, өзи баслама көрсетип ислеўге өтиўи шәрт.
 

Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм бизнес пенен қарым-қатнасты
және де күшейтип, олар сорап атырған мәселелерди тез-тез шешип бериў бул
басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр."- деди мәмлекетимиз басшысы.
 

Мысал ушын, өткен жылы виртуал қабыллаўхана ҳәм халық
қабыллаўханаларына жиберилген мүрәжатлардың 55 проценти унамлы шешилмеген.
 

Мəжилис даўамында мəмлекетимиз басшысы халықтың дəртин
тыңлыў ҳəм орынлаў ушын дүзилген “Халық қабыллаўханалары”ның жумыс барысы
юойынша сын пикир билдирди.
 

Мүрәжатлар шешилмегени ушын, социаллық тармақлар
арқалы шығыўлар көбейген. Социаллық тармақлардағы ең көп мүрәжатлар ҳуқық
қорғаў уйымлары ҳәм суд, ҳәкимликлер, билимлендириў, экология тараўларына туўра
келеди. Мыңға шамалас мүрәжатларда Президенттиң жеке қабыллаўы соралған.
 

“Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири, оның дәрти
ҳәм үмити турғанын умытпаўымыз керек!”- деди президентимиз ɵз сɵзинде.
 

Есап палатасына бир ай ишинде Ташкент қаласында өзин
ақлаған "Халық қадағалаўы" электрон порталын пүткил республикамызда
иске қосыў тапсырылды.
 

Бул портал арқалы халық қурылыс, абаданластырыў ҳәм
инфраструктура машқалаларын сүўретке алып ҳәм анық мәнзилин көрсеткен ҳалда
мобил қосымша арқалы жибереди.
 

Мәселениң шешими де фотосүўрет пенен тастыйықланады.
Олардың қаншелли тез ҳәм сапалы шешилиўине қарап, ҳәкимлердиң жумысы күнлик
баҳаланып барылады.
 

Бул система мүрәжатлардың бирден-бир платформасы
болады ҳәм оған барлық министрлик, мәкеме, ҳәкимликлер жалғанады.
 

Ҳүрметли президентимиз тəрепинен инсан қəдири ҳəм
оның ɵмирден разы болып жасаўы ушын исленип атырған реформалары əлбетте ɵз нəтийжесин
береди.
 

  

1-“Жылўан жап” сайлаў округинен Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңеси депутаты
 

  

 Нышанова
Назокат Махмутжановна