Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
munosabat
янв.21
SHAHAR KENGASHINING SESSIYASI O‘TKAZILDI
янв.21
Shahar ozodaligi va obodligi yo‘lida
янв.21
Kengash deputatlari va boshqa masʼullar hamrohligida
янв.21
Халқ депутатлари Каттақўрғон шаҳар кенгаши ҳузуридаги доимий комиссияларнинг муҳокама йиғилиши бўлиб ўтмоқда.
янв.21
ТИББИЁТДА КОРРУПЦИЯГА ЎРИН ЙЎҚ
янв.21
ШАҲАР КЕНГАШИНИНГ СЕССИЯСИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
#Доимий комиссиялар йиғилиши ўтказилди
янв.21
DEPUTATLAR MUAMMOLI KREDITLARNI O‘RGANDI
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar mazmun-mohiyati bo‘yicha
Мүнәсибет

ѲЗБЕКСТАН МƏМЛЕКЕТИНДЕ ҮЛКЕН БАЙРАМ

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Бунёткор стадионына барып футбол бойынша қурама командасын тамаша қылды. Миллионлап футбол ықласбентлериниң асығып күтген усы Ѳзбекстан-Қатар командасы ойынына Мǝмлекетимизге хызмет сапары менен келген Болгария президенти ҳǝм Словакия бас ўазири, тѳртинши халықара инвестиция жалпы форум мǝжилисинде қатнасқан сырт ел мǝмлекетлериниң ҳукимет басшылары, жоқары мǝртебели мийманлар ҳǝм мирǝт етилди. 

Бул ǝпиўайы ойын емес, ѳзбек ойынының улкен байрамы, жǝҳǝн чемпионатының саралаў басқышы, лийкин шебер спортшыларымыз мүддетинен алдын жолламаны қолға киргизди. Ѳзбекстан миллий қурама командасы тарийхда биринши мǝртебе футбол бойынша жǝҳǝн чемпионатында қатнасады. 

Бул күнди футбол қумар ҳалқымыз жыллар даўамында арзығып күтген еди. Ѳзбекстан усы үшинши саралаў басқышының «А» топарынан орын алған еди. Бир жыл даўамында Иран Қатар, Бирлашган Араб Əмирликлери,
Қырғызстан, Шимол Корея футболшылары менен жеңис ушын күш сынасты.
5-июнь күни Бирлескен Араб Əмирликлери Ѳзбекстан ойынында күшлер теңбе-тең болған еди. Нǝтийжеде 9-тур жуўмақларына кѳре қурамакомандамыз очколары 18-ге жетти. 

Бул Ѳзбекстан мǝмлекетин жǝҳǝн еллерине танытар екен, бул жеңис барлық жерлеслеримиздиң кеўилин мақтанышқа толтырды. Ҳақыйқаттан да бүгинги күн елимиз ушын ҳǝр бир ѳзбекстанлылар ушын улкен мақтаныш ҳǝм қуўаныш байрам болып есапланады.