Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Jondor tumanining ijtimoiy-iqtisodiy rivojlantirilishi: Yangiliklar va Loyihalar
янв.21
Korrupsiyaga qarshi kurashishga har birimiz mas’ulmiz!
янв.21
Назорат тадбирлари ўтказилмоқда
янв.21
📌 "Камбағалликдан фаровонлик сари" — амалий қадамлар!
янв.21
🔰 Eko partiya hamkorligida nazorat tadbiri olib boriladi.
янв.21
🎓 Ёшларга мотивация – келажакка йўл!
янв.21
#_munosabat
янв.21
O‘zbekicton Respublikasi Oliy Majlisi Senati Kengashining 14.01.2025 yildagi KQ-35-V-sonli qarorini ijrosi deputat nazoratida.
янв.21
#_МУНОСАБАТ
янв.21
"Mintaqaviy tinchlikka qo‘shilgan hissa – O‘zbekiston tashqi siyosatining muvaffaqiyati"
Мүнәсибет

9-июнь күни Ташкент қаласындағы Көксарай резиденциясында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фицо Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Жетекшилердиң қатнасыўында еки тәреплеме ҳүжжетлер, атап айтқанда:

– дипломатиялық кадрлар таярлаў ҳаққында;

– аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– стандартластырыў, метрология ҳәм товарлардың муўапықлығын баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

– энергетика базарларын тәртипке салыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер;

– 2025-2026-жылларға мөлшерленген сыртқы ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

– 2025-2026-жылларға мөлшерленген стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы алмасылды.

Жоқарыда атап өтилген келисимлер әлбетте мәмлекетимиздиң экономикасының, аўыл хожалығының раўажланыўына үлкен үлес қосады.

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты К.Насырова

Slide 1 of 1