Yangiliklar

“ДЕПУТАТ МӘҲЕЛЛЕДЕ” Жойбары

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты
Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси секретариаты
К.Насырова, Халық депутатлары Мойнак районы Кеӊеси 1-санлы "Учсай"
сайлаў округы депутаты Т.Шукирбердиевлер "Учсай" АПЖ аймағында болды.
Дәслеп мәҳәлле жетилиги менен ушырасып мәҳәлле жетилиги тәрепинен 2025-жылдың
дәслепки 5 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм де алдағы ўақытларда алып
барылыўы тийис болған жумыслар ҳаққында сәўбетлести ҳәм сол аймақты пуқараларды
қыйнап киятырған машқалалар тыңланып, депутатлық қадағалаўға алынды.
 

Буннан соң депутатлар "Учсай" АПЖ аймағындағы исбилерменлер ҳәм билимлендириў мәкемелеринде болып
исленип атырған жумысларын, жаратылған шараят, имканиятлары менен танысып шықты
 

Slide 1 of 7