Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Коррупцияга қарши курашиш вилоят Ҳудудий кенгаши аъзолари учун семинар-тренинглар бўлиб ўтди.
янв.21
Коррупцияга қарши курашиш вилоят Ҳудудий кенгашининг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди.
янв.21
Жиззах вилоятида Сенатор ва Ёшлар учрашуви бўлиб ўтди.
янв.21
Вилоят Кенгаши депутатлари томонидан вилоят Кенгашининг қарори ижроси юзасидан ижтимоий соҳа обектларига берилаётган кўмир сифати ҳамда мазкур масалада аҳолини қийнаб келаётган бошқа муаммолари муҳокама қилинди.
янв.21
“Энг намунали маҳаллий Кенгаш” танловини ташкил этиш бўйича Бахмал туманида намунали семинар ўтказилди.
янв.21
Вилоят Кенгаши депутатлари томонидан вилоят Кенгашининг қарори ижроси юзасидан ҳудудларни ободонлаштириш ва кўкаламзорлаштириш шунингдек, ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, коррупцияга қарши курашиш ва аҳолини қийнаб келаётган бошқа муаммоларни жойига чиққан ҳолда ўрганиш ишлари олиб борилмоқда.
янв.21
муносабат
янв.21
Жиззах вилояти Коррупцияга қарши курашиш Ҳудудий кенгашининг навбатдаги йиғилишлари туманларда бўлиб ўтмоқда.
янв.21
Жиззах вилоятида сенатор иштирокида Сенатнинг ўнинчи ялпи мажлисида кўриб чиқилган масалалар юзасидан тарғибот тадбири ўтказилди
янв.21
Жиззах вилояти Коррупцияга қарши курашиш Ҳудудий кенгашининг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди
Мүнәсибет

МҮНƏСИБЕТ 

Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилери көп тәреплеме қатнасықларды және де кеңейтиў мәселелерин додалады. 

17-июнь күни Өзбекстан Республиткасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикаси баслығы Си Цзиньпинниң сөйлесиўлери болып өтти Еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды. 

Мәмлекет басшылары кейинги жыллары Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм барлық шǝраятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. 

Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл январь айында Қытайга мәмлекет сапары даўамында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылмақта. 

Барлық дәрежелерде байланыслар ҳәм алмасыўлар сезилерли жеделлескени атап өтилди. 

Сыртқы ислер министрлериниң стратегиялык сөйлесиўи жолға қойылды. Усы жылы июнь айының басында Самарқанд қаласында екинши Аймақлар форумы табыслы өткерилди. 

Саўда-экономикалық ҳәм қаржы-инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. 2024-жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти. Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды қурамақта. 

Мәмлекетимиз аймақларында биргеликтеги технопарклер ҳәм арнаўлы индустраллық зоналар табыслы жумыс алып бармақта. «BYD» электромобильлерин ислеп шығарыў кеңеймекте. 

«Жасыл» энергетика, нефть, газ, химия, фармацевтика, металлургия, таў-кән, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм қурылыс тармақларында, сондай-ақ, логистика, «ақыллы» аўыл хожалығы, жасалма интеллект ҳәм санластырыў тараўларында перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта. 

Қытайдын жетекши финанс институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылған. «Жипек жолы» қоры менен инвестициялық платформаны кеңейтиў режелестирилген. Қытай Эксимбанки қатнасыўында пайтахтымызда Олимпиада қалашасының қурылысы жуўмақланбақта. Ташкент қаласында усы банктиң регионаллық филиалы ашылды. 

Камбагаллыкка карсы гуресиў тараўындагы бирге ислесиўди буннан былай да теренлестириў мәселелерине айрыкша итибар каратылды. 

Жетекшилер «Қытай – Қыргызстан – Өзбекстан» стратегиялык темир жол курылысын жеделлестириў зәрцр екенлигин де
атап өтти.
 

Билимлендириў, илим, турезм ҳәм мәленият, кадрлар таярлаў ҳәм кытай тилин уйрениў тараўларын дагы алмасыўларды раўажландырыўдан мәпдарлык билдирилди. 

Өзбекстанда Қытайдын Арка-батыс аўыл хожалыгы ҳәм тогай хожалыгы университетинин филиалы жумыс алып бармакта. Ургенш университети негизинде Пекин университети менен биргеликте Халықаралық математика орайы шөлкемлестирилген. 

Өткен жылы Конфуций институты жумысының 20 жыллығы белгиленди, Қытайдың «Лу Бань устаханасы» профессионал билимлендириў системасы енгизилмекте. 

Келеси жылы еки мәмлекетте мәденият ҳәм көркем өнер ҳәптеликлерин өткериў режелестирилген. 

Ушырасыўда халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды. БМШ, ШБШ, «Орайлық Азия – Қытай» форматы ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги муўапықласыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. 

Жуўмағында жетекшилердиң қатнасыўында Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланғаны ҳаққында протоколға қол қойылғаны жарияланды. Ел басшымыздың шет ел мǝмлекет басшылары менен ушырасыў ѳткериўиндеги мақсети – бул елимиз тынышлығы, халқымыздың пǝраўан турмыс кешириўи жолында хызмет етеди.

Бозатаў районы 3-санлы Мǝденият сайлаў округи депутаты Г.Юсупова