Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Mitti qalblar eʼtiborda: Qoʻshterak MFYdagi oilaviy bogʻcha faoliyati
янв.21
“Urgu" MFYda ichimlik suvi muammosi hal etildi
янв.21
Dostonobod MFYda katta investitsiya loyihasi amalga oshirilmoqda
янв.21
Jalaquduq tumanida tadbirkorlik sub’yektlari faoliyati o‘rganildi
янв.21
Jalaquduq tumani: Mahallalarda nazorat tadbirlari
янв.21
24 ta tavsiya: Qilichmozor MFYda hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Muammolarga amaliy yechim: Deputat mahallalarda
янв.21
Nigoh — maktabgacha ta’limga: 32-sonli davlat bog‘chasi ko‘zdan kechirildi
янв.21
Xalq deputatlari Kengashi raisi ko‘magida oilaviy mulkiy nizo ijobiy hal etildi
янв.21
Deputat xalq ichida: Muammolar joyida o‘rganilmoqda
Қәўипсиз бақша: Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Қәўипсиз бақша: Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаева, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы К.Насировалар районындағы 16-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде үйрениў жумыслары алып барылды.

 

Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды.

 

Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.