Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Mitti qalblar eʼtiborda: Qoʻshterak MFYdagi oilaviy bogʻcha faoliyati
янв.21
“Urgu" MFYda ichimlik suvi muammosi hal etildi
янв.21
Dostonobod MFYda katta investitsiya loyihasi amalga oshirilmoqda
янв.21
Jalaquduq tumanida tadbirkorlik sub’yektlari faoliyati o‘rganildi
янв.21
Jalaquduq tumani: Mahallalarda nazorat tadbirlari
янв.21
24 ta tavsiya: Qilichmozor MFYda hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Muammolarga amaliy yechim: Deputat mahallalarda
янв.21
Nigoh — maktabgacha ta’limga: 32-sonli davlat bog‘chasi ko‘zdan kechirildi
янв.21
Xalq deputatlari Kengashi raisi ko‘magida oilaviy mulkiy nizo ijobiy hal etildi
янв.21
Deputat xalq ichida: Muammolar joyida o‘rganilmoqda
«Депутаталық қадағалаў».

 Рамазан айы мүнәсибети менен халықты социаллық
қоллап-қуўатлаў, азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм де
базарлардағы саўда барысын үйрениў мақсетинде районлық Кеңес депутатлары
тәрепинен жергиликли базарларда үйрениў жумыслары алып барылды.
 

Райондағы «Тахтакөпир дийхан базары»нда әмелге
асырылған мониторинг процесинде тийкарғы тутыныў өнимлери - ун, гүриш, май,
қумшекер, гөш ҳәм палыз өгимлериниң баҳалары үйренилди. Депутатлар исбилермен
ҳәм сатыўшылар менен сөйлесип, баҳаларды жасалма арттырыў жағдайларының алдын
алыў, өнимлердиң жетерли резервте болыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир
алысты.
 

Үйрениўлер даўамында айырым өнимлер бойынша баҳалардың
турақлылығы атап өтилди. Депутатлар тәрепинен базар администрациясына Рамазан
айы даўамында социаллық әҳмиетке ийе өнимлердиң баҳасын қадағалаўда услаў,
халық ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
 

Депутатлар Рамазан айы даўамында бундай үйрениў
жумысларын турақлы түрде даўам еттиретуғынын билдирип, халықтың мүрәжат ҳәм
усынысларын да турақлы итибарда тутатуғынын атап өтти.


  

Slide 1 of 5