Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“Yoshlar kuni” – kelajak egalari bilan birga!
янв.21
“Aholi bandligi masalalari bo‘yicha ”
янв.21
“Sog‘lom muhit — jinoyatchilikka qarshi eng samarali vosita”
янв.21
Ijtimoiy nafaqalar yetkazilishi ustidan deputatlik nazorati
янв.21
Senatning 13-yalpi majlisi qarorlari yuzasidan targ‘ibot tadbiri
янв.21
Aholiga huquqiy ko`mak: Jalaquduq tumanida navbatdagi qabul tashkil etildi.
янв.21
Oilaviy kelishmovchilikka barham: Qashqar mahallasida bir oila yarashtirildi
янв.21
Favqulodda vaziyatlarda aholining to`g`ri harakatlari
янв.21
“Ogoh bo`ling, firibgar!” — yoshlarni kiberxavfsizlikka chaqiruv tadbiri
янв.21
Deputat Ergashvoy Qurbonov “Yangisor” mahallasi aholisi bilan ochiq muloqot o`tkazdi
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

 Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси 7-санлы “Қуўаныш-жарма” сайлаӯ округинен сайланған депутаты Рейов Аллаяр Тахтакөпир районы “Тахтакөпир” ППЖ аймағындағы 3-санлы мектеп имәратында өз сайлаўшылары менен ушырасты.    

Ушырасыўда депутат А.Рейов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәмде Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат А.Рейов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги
бойынша сайлаўшыларға есабат берди. 

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.  

Slide 1 of 2